Нәшебентликтиң ақыбетлери додаланды

235

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың тарқалыўының алдын алыў айлығы шеңберинде тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти,-деп хабар берди НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.

Илажда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаменти Жынаят-излеў хызмети басқармасы баслығының орынбасары А.Матлюбов, Жынаят-излеў хызмети айрықша ислер бойынша оператив ўәкили А.Альжанов, сондай-ақ, усы басқарманың жуўапкер хызметкерлери жаслар менен сәўбетлесиў өткерди.

Тараў ўәкиллери тәрепинен атап өтилгениндей, бүгинги күнде жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың тарқалыўы глобал машқалаға айланды. Бул иллет тек ғана инсанның денсаўлығына зыян жеткерип қоймастан, жаслардың келешегин де қәўип астында қалдырады.

Елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы жумысларды муўапықластырыў, халықтың ҳуқықый мәденияты ҳәм санасын жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик структуралардың билимлендириў мәкемелери, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин шөлкемлестириўге байланыслы анық ўазыйпалар белгиленген. Жынаят кодексиниң 270-276-статьялары менен нәшебентлик затлар, олардың аналоглары ҳәм психотроп затларды нызамға қайшы түрде пайдаланыў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. БМШның мағлыўматларына бола, нәшебентлик аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлардың жүз бериўине, шаңарақлар ҳәм миллет генофондының бузылыўына себепши болмақта.

Соңғы жылларда нәшебентлик ҳәм психотроп затлардан пайдаланыў көрсеткишлериниң жаслар арасында артып баратырғанлығы бул бағдардағы профилактикалық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўды талап етпекте. Өткен жылы нәшебентлик ҳәм психотроп затлар менен байланыслы 185 адам жынайый жуўапкершиликке тартылған болса, соннан 38 адам 30 жасқа толмаған жаслар екенлиги тараў хызметкерлерин, улыўма келешегимизге бийпарық болмаған ҳәр кимди терең ойға салады.

Илажда қәнигелер жаслардың пикир-усынысларын тыңлап, сораўларына жуўап берди.

Ушырасыў даўамында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың унамсыз ақыбетлери ҳаққында сөз ететуғын видеоролик студентлердиң нәзерине усынылды.

Илаж институттың талантлы студентлери ҳәм «Тумарис» халық ансамбли атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги