Фермерлерге жаратылған жаңа имканиятлар додаланды

193

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Козиевтиң басшылығында Шоманай районындағы фермерлер менен мәжилис өткерилип, онда фермерлер ушын жаңа имканиятлар жаратыў ҳәм олардың абаданлығын арттырыўға қаратылған әҳмийетли мәселелер додаланды.

Мәжилиске “BIONOVATIK AGRO” компаниясының Орта Азия аймақлық ўәкили А.Султанов,  Пахташылық департаментиниң баслығы Ф.Тешаев, аўыл хожалығы тараўының тийисли хызметкерлери, пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм фермерлер қатнасты.

Мәжилисте Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында түсиниклер берилди. Атап айтқанда, фермерлерге жаратылған жаңа имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм мәмлекет тәрепинен әмелге асырылып атырған бағдарламалар ҳаққында толық мағлыўмат берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Бул ушырасыў Шоманай районындағы фермерлерге өз бизнесин раўажландырыў, заманагөй технологияларды қолланыў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша жаңа билим ҳәм көнликпелерди ийелеў имканиятын берди.

Илажда фермерлер де өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги