Аукцион саўдаларында қатнасыў тәртибине өзгерис киргизилди

222

Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы 891-санлы қарарына тийкарланып Министрлер Кабинетиниң 12.01.2022-жылдағы 18-санлы қарарына өзгерис киргизилди.

2025-жыл 1-февральдан баслап, басланғыш баҳасы базалық есаплаў муғдарының он мың есесине шекемги мәмлекетлик активлерди, жер участкаларын ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың мүлклерин сатыў ҳәм ижараға бериў бойынша өткерилетуғын электрон онлайн-аукцион саўдалары процесинде, қатнасыўшылар тәрепинен үшинши қәдемнен баслап жеке есап бетиндеги кеминде олардың баҳа усынысына әмелдеги закалат муғдарындағы суммаға ийе болыўы талап етиледи.

Онда бул қаржылар закалат сыпатында есапқа алынатуғыны атап өтилген.

ӨзА