Албанияға Өзбекстанның жаңа елшиси тайынланды

Өзбекстанның Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Бахтиёр Ибрагимов Албания Президенти Байрам Бегайга исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар береди xs.uz.
Вена қаласындағы президенттиң резиденциясында болып өткен салтанатлы мәресимнен соң өткерилген сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Албания арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективалары додаланды. Саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бахтиёр Ибрагимов 2023-жыл ноябрь айында Австрия Президенти Александр Ван дер Белленга исеним жарлықларын тапсырған еди. Сондай-ақ, ол 2023-жылы штаб квартирасы Вена қаласында жайласқан ЕҚБШ, БМШ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасы, ядро сынақларын кең көлемли қадаған етиў ҳаққындағы шәртнама шөлкеми, ХАЭА сыяқлы халықаралық шөлкемлердеги мәмлекетимиздиң рәсмий ўәкили сыпатында да аккредитацияланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги