Өзбекстанда өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» белгиси менен тамғалаўға руқсат бериледи

243

Өзбекстанда 2025-жылдың 1-майынан Ислам мәмлекетлери  стандартлары ҳәм метрология институты (SMIIC) стандартларының талаплары тийкарында сертификатластырылған өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» белгиси менен тамғалаўға руқсат бериледи.

Бул бойынша Ҳүкиметтиң усы жылы 1-февраль күни 57-санлы қарары қабыл етилди.

Бул ҳүжжет пенен, Өнимлер ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатлстырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Сондай-ақ, Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде өним ҳәм хызметлерди «Ҳадал» талапларына муўапық сертификатластырыў уйымы шөлкемлестириледи ҳәм аккредитациядан өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги