Ҳусанов түспеген ойында «Манчестер Сити» Арсеналға жеңилди
132

Англия премьер-лигасының 24-турынан орын алған «Арсенал» – «Манчестер Сити» ушырасыўы кеше түнде өткерилди.
Ушырасыўдың 2-минутында Аканжидиң қәтесинен кейин Арсенал футболшысы Мартин Эдегор есапты ашты.
Екинши бөлимди Сити ойыншылары жақсы баслады ҳәм 55-минутта Ҳоланд бас пенен гол урды. Бирақ, арадан 1 минут өтпей Фоден қәтелести ҳәм Арсенал клубы және гол урды.
Ойынның 62, 76, 90+3-минутларында Арсенал «Сити» дәрўазасына және 3 гол урып, есапты 5:1 көринисине келтирди.
Өзбекстанлы жас қорғаўшы Абудқодир Ҳусанов майданға түсирилмеди.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы