Теннисшилеримиздиң «Дэвис кубоги»ндеги сәтсизлиги

197

Ташкент қаласында «Дэвис кубоги»ниң жәҳән топары шеңберинде Өзбекстан, Босния ҳәм Герцеговина сайланды командалары арасында ушырасыў болып өтти.

Атап айтқанда, ушырасыўдың дәслепки ойынында Ҳумоюн Султонов өз қарсыласы Мирза Башичти 6:4, 3:6, 7:6 есабында жеңген болса, Сергей Фомин Дамир Жумхурға 6:7, 3:6 есабында жеңилип қалды.

Ал, жуплық беллесиўлерде Султонов/Фомин жуплығы Башич/Фатичлерге 6:7, 6:7 есабында жеңилип қалды.

Сайланды командалардың биринши ракеткалары Ҳумоюн Султонов ҳәм  Дамир Жумхур арасында өткерилген шешиўши ойында болса, командамыз ағзасы өз қарсыласына 4:6, 6:1, 3:6 есабында жеңилип, кубоктеги өзлериниң жүрисин тоқтатты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы