Енди Шомуродов қайсы командада ойнайды?
289

«Рома» бас тренери Клаудио Раньери Элдор Шомуродовтың командада қалыўы яки кетиўи ҳаққында сораўға жуўап берди.
Бул туўралы Romapress басылымы мәлимледи.
«Шомуродовқа командада қалыўын айттым. Оны ҳәмме жақсы көрип, жанкүйерлер де ҳүрмет етеди. Себеби, бул майданда максимал күш пенен ҳәрекет етеди. Мен болсам, оннан бәрқулла ғәзепленемен. Соның ушын мен оған «Егер, кетсең, кимге ашыўланаман?»- деп айттым», — деп пикир билдирди Клаудио Раньери.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы