Аралбойы аймағында жасыл қапламалар қурыў жумыслары даўам етпекте

317

Арал машқаласы тек ғана Қарақалпақстан яки елимиз емес, ал пүткил регион ушын әҳмийетли есапланады. Қурыған теңиз ултанын жасылландырыў, суў бассейнлерин ашыў ҳәм ақыбетлерин жумсартыў бүгинниң әҳмийетли мәселеси болып есапланады. Усыған бола, Қарақалпақстан Республикасының Аралбойы аймағында жасыл қамламалар қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Гезектеги көклемзарластырыў жумыслары халықаралық әҳмийетке ийе А-380 халықаралық автомобиль жолының «Қоңырат-Бейнеў» аралығындағы 240 километринде алып барылмақта. Онда Президентимиздиң Аралбойы регионынын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Т. Худайбергеновтиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы А.Орынбаев, АЖБ, Тоғай хожалығы агентлиги ҳәм басқа министрлик, уйымлар жуўапкерлери қатнаспақта.

АЖБ мағлыўматларына бола, бул мәўсимде Аралбойы аймағындағы 2800 гектар майданға 1 миллион 150 мың түпке шамалас сексеўил ҳәм басқа шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў режелестирилген.

ӨзА