Жас теннисшилеримиздиң Доҳадағы табыслары

325

27-30-январь күнлери Қатар пайтахты Доҳа қаласында стол тенниси бойынша WTT Youth Contender Doha турнири болып өтти.

Бир неше күн даўам еткен жарыста өзбекстанлы жас спортшылар да табыслы қатнасып, 11 жастағы теннисшилер арасында Хусан Искандаров алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, Амир Шириев ҳәм Лочинбек Абдуҳалиловлар қола медальға мүнәсип деп табылды.

Сондай-ақ, 15 жастағы теннисшилер арасында жеккеликте Аделина Ҳасанова, Аружан Камаловалар, жуплықта Раҳматилло Абдурашидов пенен Аружан Камалова, Диёрбек Дилшодов ҳәм Аделина Ҳасановалар да жарыстың қола медалы менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы