Мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы 31-январь күни Алматы қаласында болып өткен Евроазия ҳүкиметлераралық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы спатында қатнасты
274

Беларусь Республикасы басшылығында өткен мәжилисте Қазақстан Бас министри О.Бектенов, Беларусь Бас министри Р.Головченко, Қырғызстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары М.Григорян, Евроазия экономикалық комиссиясы баслығы Б.Сағынтаев ҳәм ЕАЭАда бақлаўшы –мәмлекет сыпатында Иран Биринши вице-президенти М.Ареф ҳәм Куба Бас министри М.Крус (видео байланыс арқалы) ҳәм Әзербайжан Бас министри А.Асадов мийман сыпатында қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Бас министри Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл декабрь айында болып өткен Жоқары Евроазия саммитинде алға қойған басламаларын қоллап-қуўатлаўға ҳәм әмелге асырыўға шақырды.
ӨзА