Алмата қаласында 31-январь күни «Digital Almaty 2025» халықаралық санлы форумның жалпы мәжилиси болып өтти

162

Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Россия, Беларусь, Иран Бас министрлери, Армения Бас министриниң орынбасары ҳәм басқалар қатнасқан мәжилисте Өзбекстан Бас министри Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде санластырыўды жеделлестириў ҳәм социаллық-экономикалық тараўларға заманагөй технологияларды енгизиў, елимизди жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўшы дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарына кириўине ерисиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстырды.

Сондай-ақ, санластырыў ҳәм жасалма интеллекттиң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, усы бағдарда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысты.

ӨзА