Ракқа қарсы жаңа дәри АИВты пүткиллей емлеўи мүмкин

356

Стэнфорд университети илимпазлары алға қойған ракқа қарсы өзгешеликлери менен белгили болған ЕВС-46 бирикпеси АИВқа қарсы гүресиўде үлкен потенциалды көрсететуғынын анықлады.

ЕВС-46 АИВ жасырынған клеткаларды жеделлестирип ҳәм вирусты иммунотерапияға тәсиршең етеди. Изертлеў даўамында ЕВС-46 уйқыдағы клеткаларды 90 процентке шекем жеделлестирди, бул болса алдын белгили болған ең күшли қурал – бриостатинге қарағанда төрт есеге нәтийжелирек.

ЕВС-46 тәбийғый түрде Австралияда өсетуғын Fontainea picrosperma терегиниң мийўесинде бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги