АҚШ Қытайға чип сатыў ушын жаңа шеклеў қолланыўы мүмкин
346

АҚШ Президенти Дональд Трамптың ҳүкимети Қытайға чип сатыўға қосымша шеклеў енгизиў мәселесин көрип шықпақта, деп жазды «Блумберг».
-Трамп ҳүкиметиниң рәсмийлери «Nvidia Corp» компаниясы Қытайда чип сатыўға қосымша шеклеў киргизиў имканиятларын үйренбекте, – делинген басылым жәриялаған хабарда. Шеклеў Н20 маркасына тәсир етеди.
Шеклеў қарсылас мәмлекетлердиң қурал жаратыўы, кибер ҳүжим уйымластырыўы ямаса ғалаба ҳүжим ушын АI технологиясын қолланыўдың алдын алыўға қаратылған. Сондай-ақ, департамент Вашингтонның исенимли бирге ислесиўшилери ҳәм аўқамласлары ушын усындай қураллардан пайдаланыў имканияты сақланып қалатуғынына исендирген.
Хабарда айтылыўынша, Қытай бул қарарды сын көзқараста қабыл еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги