Дыққат хабарландырыў!

Ҳүрметли пуқаралар ҳәм сыртқа жүк тасыйтуғын хызметкерлер!
Қазақстан Республикасының «Тәжен» (Өзбекстан Республикасының «Даўыт-ата») шегара өткериў пункти арқалы пуқаралар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан аспайтуғын жүк автотранспорт қураллары ҳәрекети 2025-жылы 1-февральдан баслап 3 ай мүддетке ўақтынша тоқтатылады.
Бул шеклеўлер шегара өткериў пунктлеринде оңлаў ҳәм үскенелер орнатыў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен Қазақстан Республикасы тәрепинен физикалық тәреплер ҳәм транспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде енгизилип атыр.
Сонлықтан, усы ўақыт даўамында «Тәжен» (Қазақстан) – «Даўыт-ата» (Өзбекстан) шегара өткериў пунктлери арқалы ҳәрекет етиўши пуқаралар, жеңил автомобильлер, автобуслар ҳәм рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан аспайтуғын жүк автотранспорт қураллары «Яллама», «Зәңгиата» (Наўайы шегара бажыхана посты), «Ақ алтын» ҳәм «Малик» өткериў пунктлери арқалы ҳәрекет етиўин сораймыз!
Соның менен бирге, физикалық тәреплер ушын «Қарақалпақстан» темир жол өткериў пункти арқалы жолаўшы поездлары ҳәрекет ететуғынын мәлим етемиз.
Рухсат етилген толық салмағы 3,5 тоннадан артық болған жүк автотранспорт қуралларының «Тәжен» (Қазақстан) – «Даўыт-ата» (Өзбекстан) шегара өткериў пункти арқалы ҳәрекети үзликсиз даўам еттириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги