Европа Лигасы. «Рома» Шомуродавтың голы менен өтиў ойынында қатнасады, «Манчестер Юнайтед» ҳәм «Тоттенҳем» шерек финальда

118

Футбол бойынша Европа Лигасында улыўма топар басқышы кеше, 30-январь күни жуўмақланды.

Италияның «Рома» клубы өз үйинде «Айнтрахт»ты жеңди ҳәм өтиў басқышына жол алды. Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Элдор Шомурадов 67-минутта майданға түсип, еки минуттан кейин есапты 2:0 көринисине келтирди.

Англия клублары – «Манчестер Юнайтед» ҳәм «Тоттенхем» кейинги турда исенимли жеңиске ерисип, тиккелей 1/8 финальға шықты. «Бесиктас» ҳәм «Брага» турнир менен хошласты. «Фенербахше» болса плей-оффқа илинип қалды.

Мына 8 клуб 1/8 финальға тиккелей жол алды: «Лацио», «Атлетик», «МЮ», «Тоттенҳем», «Айтрахт», «Лион», «Олимпиакос» ҳәм «Рейнжерс».

Кейинги 16 команда 1/8 финальға өтиў ушын қосымша плей-офф басқышында қатнасады: «Буде-Глимат», «Андерлехт», «Стйауа», «Аякс», «Реал Сосьедад», «Галатасарай», «Рома», «Виктория Плазен», «Ференсварош», «Порту», «Мидтюлланд», «Юнион Сент-Жиллуа», PAOK, «Твенте» ҳәм «Фенербаҳше».

25-ден 36-орынға шекем болған клублар ушын турнир жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги