Абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына итибар күшейтилмекте

172

Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде аймақларды  абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыў ҳәм пуқаралардың қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.

Мәжилиске  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы М.Атамуратов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәҳәлле жетилиги ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Өткерилген мәжилисте ҳәр бир мәҳәлледе абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып барыў, пуқаралардың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақта үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына жәрдем бериў мәселелери сөз етилди.



Мәжилис даўамында мәҳәлле жетилиги ҳәм тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги