Энергетика тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды
216

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Лукойл» компаниясының тийкарын салыўшысы Вагит Алекперовты қабыллады.
Ушырасыўда Россияның жетекши нефть-газ компаниясының Өзбекстан энергетика тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў менен байланыслы мәселелер көрип шығылды. Геология-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы углеводород кәнлерин өзлестириў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм нефть өнимлерин усақлап сатыў системасын раўажландырыў усылардың қатарына киреди.
Компанияның мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў режелери бойынша пикир алысылды. Қәнигелерди таярлаў ҳәм жумысқа жайластырыў, социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА