Г.Турдымуратовты «Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде қыйтақ жерден өним жетистириў жумысын раўажландырыў, соның ишинде, мийўе-овощ жетистириў ҳәм нәл егиўди нәтийжели жолға қойыў, мол ҳәм сапалы өним жетистириў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, ҳәр қарыс жерден өнимли пайдаланып, өзиниң интакерлиги, искерлиги, бай тәжирийбеси ҳәм мийнет сүйгишлик пазыйлетлери менен басқаларға жеке үлги көрсетип киятырғаны ҳәм жәмийетлик жумысларындағы белсене қатнасқаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы жеке қыйтақ жер ийеси Турдымуратов Генжемурат Даулетмуратович «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан РеспубликасыПрезиденти
Ш.Мирзиёев