Жүк машинасын «жер жутты»

Токио көшелеринен биринде үлкен ура пайда болды. Кеше бахытсыз ҳәдийсе жүз берип, жүк машинасы шуқырға түсип кетти. Әтираптағы жоллардың да уныраўы қутқарыў жумысларына тосқынлық етти. Рәсмийлер бул аймақтағы 200 шаңарақты көшириў бойынша көрсетпе берген. Ўақыя ҳаққында ВВС хабар тарқатты.
Жергиликли ғалаба хабар қуралларының жазыўынша, жәбирлениўши-айдаўшы 74 жаста. Кейинги саатларда оның менен байланысыўдың имканияты болмай атыр.
Ени шама менен 10, тереңлиги 5 метр келетуғын жарық жол кесилиспесинде пайда болған. Айрықша жағдайға жер асты ақаба қубырының жарылыўы себеп болған, деп болжанбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги