Мета Трампқа 25 миллион доллар төлейди

АҚШ Президенти Дональд Трамп Мета («Facebook») ҳәм «Instagram» ийеси Марк Цукерберг пенен ески келиспеўшилик бойынша нызамлы келисип алды. Бул ҳаққында ВВС басылымы хабар берди.
Трамп 2021-жылы 6-январь күни Капитолий майданында жүз берген тәртипсизликтен кейин оның бетлерин шеклеп қойғаны ушын социаллық медиа гиганты бас атқарыўшы директорын судқа берген еди.
Шама менен 22 миллион доллар Президент китапханасы қорына өткериледи. Суд қәрежети ҳәм шағымға қол қойған басқа да талабанларды «разы етиў» ушын да белгили қаржы ажыратылады.
Көп жылдан берли мырза Цукерберг ҳәм Фейсбукти кескин сынға алып келетуғын Америка басшысы 2017-жылы платформаны «Трампқа қарсы» деп атаған. Олардың мүнәсибети тийисли аккаунтлар қадаған етилгеннен кейин және де жаманласты. Жетекши 2024-жыл мартта «Facebook»ти «халық душпаны» деп атады. Июль айында Мета президент сайлаўы алдында Трамптың «Facebook» ҳәм «Instagram»дағы жуўмақлаўшы шеклеўлерин бийкар етти. Бул ҳәрекет жүдә суўып кеткен өз-ара қатнасықлар бираз жылығанының дәлийли сыпатында қабыл етилди.
Мусылман Зиё, ӨзА