My.gov.uz арқалы төлем және де қолайлы болады + (видео)

Ендигиден былай портал пайдаланыўшылары төлемли мәмлекетлик хызметлер ушын төлемлерди Uzum Bank қосымшасы арқалы яки Uzum Nasiya’да мүддетли төлем тийкарында қолайлы әмелге асырыўы мүмкин.
Онда еки түрдеги төлем усылынан бирин танласа болады:
– Жеке қаржылар есабынан төлем төлеў;
– Бир неше айға қолайлы мүддетли төлем рәсмийлестириў.
Санларда келтирилгениндей, ҳәр күни 300 мыңнан аслам пайдаланыўшы my.gov.uz порталына киреди. 2024-жылдың өзинде портал арқалы 32 миллионнан аслам арза жиберилген.
Усыған бола, Uzum Nasiya халықтың my.gov.uz арқалы төлемли мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда қаржы бөлистириў бойынша қолайлық жаратады.
Мағлыўмат ушын:
Uzum Bank – Uzum миллий санлы экосистемаға қараслы интернет-банк.
Uzum Bank арқалы пайдаланыўшылар турмыслық ҳәм басқа түрдеги төлемлерди әмелге асырыўы, кэшбек алыўы, пул өткермелерин оператив түрде шешиўи ҳәм нақ пул шешип алыўы мүмкин,-дем мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги