Теннисшилеримиз «Дэвис кубоги»нде беллеседи
258

31-январь – 1-февраль күнлери теннис бойынша Өзбекстанның ерлер сайланды командасы «Дэвис кубоги»нде I жәҳән топарының плей-офф басқышында қатнасады.
Бул басқышта сайланды командамыз Босния ҳәм Герцеговина менен бир неше ойынлар өткереди.
Атап айтқанда, 31-январь күни Ҳумоюн Султонов Мирза Башич пенен, Сергей Фомин болса, Дамир Жумхур менен жекпе-жек ойынлар өткерсе, 1-февраль күни С. Фомин / Ҳ.Султонов жуплығы М.Башич / Н.Фатичке қарсы беллесиўге түседи.
Буннан соң усы күни Ҳумоюн Султонов Дамир Жумхурға, Сергей Фомин Мирза Башичке қарсы кортқа түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы