Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмуны ҳәм оларды тәжирийбеде дурыс қолланыў мәселелери

260

Өзбекстан Республикасы Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққындағы Нызамның 3-статьясына муўапық, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет нызамшылыққа муўапық, қабыл етилген, улыўма мәжбүрий мәмлекетлик көрсетпелери сыпатында ҳуқықый нормаларды белгилеўге, өзгертиўге ямаса бийкарлаўға  қаратылған рәсмий ҳүжжет болып есапланады. Усы Нызамның 6-статьясына бола, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң түрлери төмендегилерден ибарат.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы, Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары ҳәм қарарлары,  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары, министрликлер ҳәм уйымлардың буйрықлары ҳәм қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият  уйымларының қарарлары.

Демек, жоқарыдағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң түрлеринен келип шығатуғын болсақ, өткен жылы жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексине итибар беремиз. Салыстырмалы түрде, бунда алдыңғы Мийнет нызамшылығына бола, Кодексте дәслепки сынаӯ мүддети үш айдан, шөлкемлердиң басшылары,  олардың орынбасарлары, бас есапшылар ҳәм шөлкемлердеги айрықша  бөлимшелердиң басшылары ушын алты айдан аспаў кереклиги белгиленген.

Бурынғы Мийнет кодексиниң 100-статьясы, екинши бөлими, 7-бәнтинде белгисиз бир мүддетке дүзилген мийнет шәртнамасында, мүддети тамам болғанға шекем мүддетли мийнет шәртнамасында хызметкердиң пенсия жасына толғанлығы, нызамшылыққа муўапық жасы бойынша мәмлекетлик пенсиясын алыў ӽуқықы болғанда жумыс бериӯшиниң басламасы менен бийкар етилиўине тийисли норма бар. Бул жағдай елимиз Конституциясына сәйкес емеслиги анық көринип турған болса да, қабыл етилген буйрықларды нызамсыз деп табыў мүмкиншилиги жоқ еди. Усы бағдардағы бул норманың жаңа Мийнет кодексине киргизилмегенлиги жумыссызлықтан қорғаныў  ҳуқықының бирден бир үлгиси болды.

Бүгинги күнде жумыс бериўши тәрепинен хызметкерди жумыстан босатыӯ тәртибине бойсынбастан, нызамсыз түрде  жумыстан босатылған жағдайларда суд тәрепинен жумыс бериўшиниң даўа мүддетин қолланыў ҳаққындағы өтиниш хатына тийкарланып  даўаны бийкарлаў жағдайларының  саны да артып бармақта.

Алдынғы Мийнет кодексинде жумысқа тиклеў даўлары бойынша хызметкерге оның менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгени ҳаққындағы буйрықтың көширмеси берилген күннен баслап бир ай мүддет белгиленген еди. Жаңа Мийнет кодексинде бул мүддет, яғный жумысқа тиклеӯ ҳаққындағы даўалар бойынша – хызметкерге оның менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгени ҳаққындағы жумыс бериўши буйрығының көширмеси тапсырылған күннен баслап үш ай етип белгиленди. Бул жағдай да хызметкерлердиң бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳәм қорғаўда орын ийелейди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексине нәзер салсақ, усы кодекстиң 68-статьясының биринши бөлимине,  Өзбекстан Республикасының 2020-жылы 10 -марттағы “Бала ӽуқықларының қосымша кепилликлери белгилениўи менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис  ҳәм қосымшалар киргизиў  ҳаққында” ғы нызамына бола , “бунда қарар қабыл етилиўине ўәкилликли болған уйымлар ҳәм лаўазымлы адамлар баланың мәплерине тийисли мәселелерди шешиўде баланың пикири, оның жасына қарамастан көрип шығыўы ҳәм баланың ең үстин мәплеринен келип шыққан жағдайда қарарлар қабыл етилиӯи керек” деген норма талапларының киргизилиӯи, әлбетте, шаңарақ қатнасықларындағы балалар тәрбиясы бойынша мәселелерге өзиниң унамлы тәрепин қоспастан қалмайды. Усы кодекстиң 96-статьясының үшинши бөлими болып, жоқарыдағы көрсетилген 608-санлы нызамына бола, жаңа өзгерис норма талабы киргизилди, онда: “жас өспирим  балаларға алимент төлеў ҳаққында ата-ана арасында келисим болмағанында ямаса алимент ықтыярлы түрде төленбегенде ҳәм ата-анадан биреўи де алимент өндириӯ ҳаққында судқа даўа ямаса арза менен мүрәжат етпесе, әменгерлик ҳәм қәўендерлик уйымлары, сондай-ақ он төрт жасқа толған жас өспирим  баланың тәмийинленип турылыўы ушын ата ямаса анадан нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў  ҳаққында даўа қозғатыўға  ҳақылы” деген түсиниктеги норма талабының бул кодекске киргизилиӯи, бул да балалар ҳуқықларын пуқаралық -ҳуқықый жақтан қорғаўда нызамлы таяныш болыўына мүмкиншилик жаратып береди.

Усы тақылеттеги, нызамшылығымызда бир қатар көплеген норма талапларын айтсақ болады. Булардың бәри, әлбетте, пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды тәртипке салыўда жаңадан қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әҳмийетлилиги ҳәм бул жаңа норма талапларын пуқаралық ислериндеги процесслерде, тәжирийбеде дурыс  қолланыў шәртлиги – тийкарғы  мәселе болып қалады.

                                Н.Таиров,  Пуқаралық ислери бойынша Беруний

                                                    районлар аралық судының судьясы

                                                                     Қарақалпақтан хабар агентлиги