Жәмәәтлик шәртнамалардың орынланыў барысы көрип шығылады

180

Усы жылдың 30-январь күни Нөкис қаласы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери басшыларының қатнасыўында 2024-жылы жәмәәтлик шәртнама бәнтлериниң орынланыўы ҳәм 2020-жылдың февраль  айынан 2025-жылдың февраль айына шекемги ислеген дәўири ушын  есабат-сайлаў жыйналысына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў бойынша  оқыў-семинар  болып өтти.

Семинарды Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети баслығы Жеңисбай Аяпов алып барды.

Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң шөлкемлестириў бөлими қәнигеси Дәрьябай Жанызақов ҳәм  Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети қәнигеси  Нарзулла Зиуатдиновлар шығып сөйлеп, усы жылдың дәслепки айларында барлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлеринде болып өтетуғын жәмәәтлик шәртнамалардың орынланыўы бойынша улыўма жыйналысты ҳәм есабат-сайлаў жыйналысларын өткериў тәртип-қағыйдалары туўралы мағлыўматлар берилди.

Жәмәәтлик шәртнамалар жумыс бериўшилер менен жумысшылар арасындағы мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳәм кәсипке байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын мийнет ҳаққындағы ҳуқықый ҳүжжет болып, ол арқалы тәреплердиң миннетли ўазыйпаларының әдил ҳәм сапалы орынланыўы тәмийинленеди.

Жәмәәтлик шәртнаманың әмел етиўи ҳәр қандай кәрхананың табыслы жумыс алып барыўына, мийнет мәденияты ҳәм тәртибиниң жақсыланыўына, ислеўшилердиң кәсиплик маманлығын жетилистириў, тариф ставкалары ҳәм жумыс баҳаларының әмелдегилерге қарағанда төменлеўине жол қоймаўға тийкар жаратады.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына ағза тараў кәсиплик аўқамларының уставларына муўапық улыўма мәжилис (жыйналыс) басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлериниң жоқары уйымы болып есапланады ҳәм оған басланғыш шөлкемниң баслығы (атқарыў) органын сайлаў ўәкиллиги берилген.

Усы жерде бир әҳмийетли тәрепине итибар қаратыў лазым. Федерацияға ағза тараў кәсиплик аўқамларының уставларына муўапық 15 ке шекем кәсиплик аўқамы ағзаларын бирлестирген басланғыш шөлкемлерде кәсиплик аўқамы шөлкемлестириўшиси ҳәм оның орынбасары сайланады.

Ал, 15 ҳәм оннан аслам кәсиплик аўқамы ағзаларын бирлестирген басланғыш шөлкемде кәсиплик аўқам комитети (бөлек бюджетине ҳәм банкте есап бетине ийе болса – тексериў комиссиясы) сайланады.

Жыйналыс яки конференция өткериўди басланғыш шөлкемниң өзи шешеди. Егер улыўма жыйналыс өткериў имканияты болмаса, яғный басланғыш шөлкемдеги кәсиплик аўқам ағзаларын бир жерге жыйнаў мүмкиншилиги болмаса конференция өткериледи.

Улыўма жыйналыс ҳәм оны өткериў тәртиплери дерлик бир түрде болса да, айырым тәреплери менен бир-биринен өзгешеленеди. Соны итибарға алып, жыйналысты өткериўге байланыслы ҳүжжетлердиң усыныслық характердеги үлгилери бойынша түсиниклер берилди.

Атап айтқанда, басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеминиң есабат-сайлаў жыйналысын шақырыў ҳаққындағы қарардың қалай таярланыўы, хызметкерлердиң  кәсиплик аўқам шөлкеминиң есабат-сайлаў жыйналысына таярлық көриў бойынша жумысшы топарды дүзиў тәртиплери, илажлар режесин таярлаў, қәрежетлер сметасы, есабат баянатларында берилиўи керек болған мағлыўматлар, жыйналысларды алып барыў тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиниклер берилди.

– 2020-2024-жылларда кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылған жумысларыңызды “Өзбекстан-2030” стратегиясын әмелге асырыў процесинде барлық бағдарларға, сондай-ақ, тараўды раўажландырыў барысында ерисилген нәтийжелерге, республикада ҳаял-қызлар ҳәм жасларға берилип атырған итибар, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын күшейтиў бойынша алып барылып атырған жумысларға, хызметкерлерге жәмәәт шәртнамасында нәзерде тутылған қосымша жеңилликлер ҳәм олардың берилиўине, хызметкерлерге 2024-жылы жәмәәтлик шәртнама  бәнтлериниң ис бериўши ҳәм кәсиплик аўқам шөлкемлери тәрепинен орынланыўы бойынша улыўма жыйналыстағы есабатларға, хызметкерлерге 2020-жылдың февраль айынан 2025-жылдың февраль айына шекемги дәўирде  әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат бериў ушын  тийисли ҳүжжетлерге, есабат сайлаў жыйналысы әдил ҳәм сапалы өтиўине итибар қаратыўымыз керек,-дейди Ж.Аяпов.

Хызметкерлерди, әсиресе, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылған жумысларға итибар қаратыў да әҳмийетли.

Семинар қатнасыўшылары өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги