Жалғасбай Бердимуратов Хорватияда беллеседи

172

5-9-февраль күнлери аралығында Хорватияның Загреб қаласында  спорт гүреслери бойынша «Zagreb Open» халықаралық турнири болып өтеди.

Жарысқа грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан сайланды командасы да қатнасады. Атап айтқанда, сайланды команда ағзаларынан 9 салмақ категориясы бойынша 13 палўан, соның ишинде, 87 кг салмақта қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов та қатнасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы