Суйылтырылған газ жеткерип бериў бойынша мүрәжатлер шешилди
191

Бәсеки комитетине 2024-жылдың сентябрь айынан баслап 2025-жылдың январь айы даўамында халыққа суйылтырылған газ жеткерип берилиўи бойынша жәми 6500 ден аслам мүрәжат келип түскен.
Усы мүрәжатлердиң 4700 ге шамаласы комитет ҳәм оның аймақлық уйымлары тәрепинен қанаатландырылып, газ жеткерип берилиўи тәмийинленген. Сондай-ақ, 136 сына ҳуқықый түсиниклер берилип, 1718 мүрәжат бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Буннан тысқары, 600 мыңға шамалас белгисиз топардағы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде комитеттиң аймақлық басқармалары тәрепинен «Ҳудудгазтаъминот» АЖның аймақлық филиалларына белгиленген тәртипте ис қозғатылып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша орынланыўы мәжбүр болған көрсетпелер берилди.
Н.Раҳманова,
ӨзА