Комитетлердиң биргеликтеги мәжилиси өткерилди

86

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов, Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров, депутатлар ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты. Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен усыныс етилген «Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар» додаланды. Бул жойбар менен айрықша узақ мүддетли инвестициялық сана басқышпа-басқыш қәлиплеседи. Өз гезегинде, пуқаралардың қорларын және де инвестициялаў ҳәм капитал өсиўи есабынан оны көбейтиўге бейимлик арттырылады.

Буннан кейин, онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәри қуралларына тийкарсыз буйыртпа бериў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қәрежетлериниң мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди. Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине киргизиў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги