Алыстағы аўыллас

192

Алыстағы “Қызыл үй”деги ушырасыўдан соңғы ойлар…

Нөкис қаласынан саррас машина да бир саатлық жол жүрип , Нөкис районы аймағында жайласқан “Қызыл үй” АПЖ ға  бардық. Бул жерде  144 хожалық жасайды екен. Шама менен буннан еки жүз жылдан алдын олардың ата- бабасы Әмиўдәрьяның жағасына қонысласқан, усы жерде ашлықтан аман қалған, дәрьяның балығы, қалың тоғайзарлықтың аңы менен қусы ата-бабаларын тири алып қалған.  Мүмкиншилик жоқ  екен деп қалай таслап кетсин…?! Я суў жоқ, дәрья тийип турса да буларға суў қәҳәт, суўды баспа кран  менен  алады,  газ деген улыўма жоқ, үйлер де, мектеп те, бақша да көмир менен қызады.

Шағын поселка. Арасында қарабақана болған жайлар көринеди…бул көринис жүрегимизге әллеқандай ништердей тығылды. Көшип кеткенбе, аўылда отырып қалатуғын бир перзенти болмадыма, әлле жазатайым ис болдыма?

Жол бойы даланлық, тоғайлық, ел көринбейди. Асфальт жолы да баяғы ески аўқамнан  қалған.

50 км жол басып мектепке жеттик.

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Дослық»  ордениниң  ийеси, шайыр Гүлистан Дәўлетова менен бирге  сол жердеги 11-санлы мектеп басшылығының мирәти менен дөретиўшилик ушырасыўға қатнастық. Онда муғаллим  ҳәм оқыўшылар менен сәўбет өткерип, китап оқыў, өнер ийелеў, ана Ўатанға садықлық хаққында шығармаларымызды оқып бердик. Олар менен сәўбетлесер екенбиз, көзлери жанып турған бул оқыўшыларда  «Қызыл үй»  диң ертеңги келешегин көрдик.



Мектепте жәми  жүзден зыят оқыўшылар оқыйды.  Оларға 28 муғаллим сабақ берсе, 12 техникалық  хызметкерлер менен жәми 40 адам усы дәргайда жумыс ислейди.  Кадр жетиспеўшилиги себепли,  айырым пән муғаллимлери Нөкис қаласынан қатнайды. «Оқыўшыларға үйренисип қалдық, оларды қалай таслап кетемиз», деп ол жерде өз кәсибине пидайылық пенен мийнет етип атырған  әзиз устазларға ҳүрметимиз артты. Физика пәниндеги тартылыў күши ядыма түсти. Инсан негедур байланып, қол берип, тартылып жасайды екен дә, болмаса өмирде не мәни болады?

Жолда кетип баратырып, шашаў  жайласқан аўылларды көрдик.

-Мына аўылдың аты қандай, балалары қаяққа барып оқыйды,-деп мектеп директоры Сара Утешовадан қызығып сорадым.

-Бул аўыл «Сағыр аўыл» , « Қызыл үй» ге 7-8 километр узақлықта жайласқан. Ал оқыўшылар усы жол менен сол узақлықты басып 11-санлы мектепке барады,- деди.

Аўыл адамлары батыр, жигерли  келеди -аў. Болмаса жол бойы жыс тоғай, ел жоқ, аш болған жабайы түлки, сағаллар балаларға қәўип туўдырмайма екен деген ойлар кеўлимнен өтти де кетти.

Усы аўылда мектеп психологи  ҳәм және үш муғаллим  жасайды екен.  Азанда бир топар балаларды, яғный  15 оқыўшыны ертип алып асфальт жолдан пияда кете береди, изинен көлик жетеғойса, ең биринши гезекте киши кластың қыз балаларын миндирип жибереди.

“Қызыл үй” де 17-санлы балалар бақшасы  болып, онда 27 бала тәрбияланып атыр. «Сағыр аўыл» дың кишкене бөбеклери де бақшаға барғысы келеди,  бирақ оларға бундай мүмкиншилик қайда…?

Биз барған  мектепке директор болып Сара Утешова келгенли бери көплеген жетискенликлерге  ерисилген.

Искер, талапшаң басшының жумысты жақсы алып барыўы нәтийжесинде мектепте саламат орталық жаратылған. Мектеп формасында кийинген, сәлем-әликти өз орнына қойған тәрбиялы, әдепли оқыўшыларын көргенимизде сүйсине қарадық.

Мектептиң 2023- 2024-оқыў жылындағы табысларын айтатуғын болсақ, 2024-жылы 11-классты пикерген бир оқыўшы ҚМУ ға бюджет тийкарында оқыўға кирген. Пән олимпиадасының районлық басқышында  физика пәнинен  10-класс  окыўшысы 1 ҳәм 2-орынды ийелеген. Инлис тили пәни муғаллими    Алламбергенова Ақсынгүл С1 дәрежесине ийе болған болса, және бир инлис тили пәни муғаллими  Байниязов Данияр докторантураға оқыўға кирген.

Сондай-ақ,  мектеп командасы  “Бес баслама” олимпиадасының   районлық басқышында   1-орынды  ийелеген.

Район орайынан узақта жайласқан шетки аўылдың жетискенликлери  2 мыңға шамалас  оқыўшылары болған мектеплерден қалыспайды.

Мектептиң барлық мәдений илажлары  бурын коридорда, фойеде өткерилетуғын болған. Мектеп жәмәәтиниң аўызбиршилиги менен мәдений илажлар  залы исленген.

Ең баслысы, бул жетискенликлерге ерисиўде мектеп басшысы Сара Утешованың үлеси көп.

Мәдений, дөретиўшилик ушырасыў кешемиз жақсы болып өтти. Шайырлардың қосықлары менен бирге өзлериниң жазған қосықларында оқып берген оқыўшыларға өз гезегинде  шайыр Г.Дәўлетова екеўимиз дөретиўшилик мийнетлеримизден оқып бердик. Оларға сабақларынан жақсы оқып, китаплар оқып, устазды, ата-ананы сыйлап, келешекте елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын ул-қызлар болып жетисип шығыўы ушын өз тилеклеримизди билдирдик.

Көзлер жанып, айдын келешектен үмитлери көп болған оқыўшы жаслар ҳәм устазлар менен хошласар екенбиз, Қудақәлесе ендиги келгенимизде бул жерде елимиздиң барлық орынларында жаратылып атырған имканиятлар жаратылып, жаңалықлары көп болған күнлерде көрискеймиз, деген үмитлер менен қайттық.

Оралхан Сапарова,  Қарақалпақстан  Республикасы  Жазыўшылар аўқамының ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги