Нөкисте жас баскетболшылар беллести (видео)
278

Нөкис қаласында 2011-2012-жыллары туўылған ҳәм оннан киши жастағы ул-қызлар арасында баскетбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубоги жарысы болып өтти. Онда қала ҳәм районлардан жәми 17 команда өз-ара беллести.
Жарыс жаслар арасында баскетбол спортын кеңнен ен жайдырыў, ең күшли ҳәм қәбилетли спортшыларды анықлаў ҳәм оларды Қарақалпақстан сайланды командасының қурамына киргизиў мақсетине қаратылған.

Қызлар арасында өткерилген жарысларда Нөкис қаласының командасы биринши, Хожели районының қызлары екинши, мойнақлы баскетболшылар үшинши орынды ийеледи. Ер балалар арасында Нөкис қаласы командасы жеңимпаз болды. Екинши ҳәм үшинши орынлар Хожели ҳәм Шымбай районының спортшыларына кесип етти.
М.ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет, видео), ӨзА