Қурылыс жумысларының барысы депутатлар қадағалаўында

Орынларда депутатлардың халық пенен ушырасыўлары, белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыў барысын үйрениў, қадағалаў илажлары даўам етпекте.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов Тахтакөпир районында болып, район ҳәкиминиң қурылыс мәселелери бойынша орынбасары П.Ерназаров ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңесиниң секретариат баслығы Т.Жусиповлар менен биргеликте районда 2025-жылы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс жумысларының барысы менен танысты.
Дәслепки мәнзил Агробанк АКБ қәўендерлиги есабынан Ғәрезсизлик МПЖ аймағында қурылысы алып барылып атырған дем алыў парки ҳәм ҳәптениң жети күнинде де 24 саат даўамында күни-түни жумыс ислеўши гострономиялық көшеде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дослық гүзары көшесиниң 600 метр аралығына күни-түни жумыс ислеўши 24/7 гострономиялық көшени шөлкемлестириў нәтийжесинде 25 таяр саўда шақапшалары ҳәм 10 дана food truck дөңгелекли дүкан саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў арқалы 60 жумыс орны жаратылады.
Депутаттың ушырасыўлары орынларда даўам етип, кейинги мәнзил район орайынан халқымызды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша жаңадан қурылып атырған Ғәрезсизлик МПЖ аймағындағы көп қабатлы турақ жай имаратының қурылыс жумыслары менен де танысты.
Бул көп квартиралы турақ жайдың қурылысы ушын жер орнын “Қараойқурылыс” ЖШЖ жеңип алған. Жойбар баҳасы 7 млрд. сум. Турақ жай 20 квартиралы болып, 2025-жылдың август айына шекем питкерилип тапсырыў режелестирилген. Бүгинги күни котлован қазылып, фундамент қуйыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Депутат Б.Алдамуратов, район ҳәкиминиң қурылыс бойынша орынбасары Пердебай Ерназаров ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси секретариат баслығы Тимур Жусиповлар районда жаңадан қурылып атырған “Жаслар орайы” имараты менен де жақыннан танысты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2020-2023 жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып район аймағында бир қатар жумыслар алып барылмақта. Орайда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы “Бирден-бир буйыртпашы хызмети” ИК МУК, жумысты бөлип алып ислеўши “Реверстрой” ЖШЖ тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Жойбар баҳасы 5,321 млрд. сумды қурайды. Бүгинги күнде имараттың дерлик 50 процентлик жумыслары жуўмақланған.
Депуаттың райондағы үйрениў жумыслары орынларда және даўам етип, Қара ой АПЖ аймағында жаңадан қурылып атырған “Тойхана” имаратын да барып көрди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июнь күнги ПП-5466-санлы пәрманына тийкарланып “Жаслар келешегимиз” бағдарламасы бойынша ажыратып берилген жер майданына исбилермен өз есабынан халықтың жақсы күнлерине нийет етип 800 адамға мөлшерленген тойхана имаратын қурған. Имараттың қурылыс жумыслары жуўмақланды. Имаратты усы жылдың май айында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте. Сондай-ақ, район жасларының 100 ден асламын жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.
2025-жыл 28-январь куни Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде депутат Б.Алдамуратов, Жоқарғы Кеңес депутаты А.Аллаярова, район ҳәкиминиң экология мәселелери бойынша биринши орынбасары Т.Тохымбетов, районлық Кеңестиң депутатлары, ҳәкимликтиң бас қәнигеси, экология, электр, газ тәмийнаты кәрханалары ҳәм санитар тазалаўға қәнигелестирилген “Глобол позицион систем” ЖШЖ басшыларының қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Онда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, тараўды раўажландырыў, хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша қабыл етилген Президентимиздиң пәрманлары ҳәм қарарларында белгиленген ўазыйпалардың район аймағында орынланыўы, орын алып атырған машқалалар ҳам оларды сапластырыў мәселелери көрип шығылды.
Орынларда бул бағдардағы ушырасыўлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги