Рентген үскенелеринен руқсатнама рәсмийлестирмей турып пайдаланыў жағдайлары анықланбақта

Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизеди. Бул болса комитетке қәўипли өндирис объектлеринде санаат қәўипсизлиги, атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары объектлериниң жумысын қадағалаў ўәкиллигин береди.
Усы шөлкемниң бөлим баслығы Баҳадир Файзуллаевтың мәлим етиўинше, комитет тәрепинен республикамыздағы рентген үскнелеринен пайдаланыў тәртиплери бойынша үйрениўлер алып барылған.
– Елимизде рентген үскенелеринен халыққа медициналық хызмет көрсетиўде кеңнен пайдаланылады, – деди Б.Файзуллаев. – Комитетимиз тәрепинен өткерилген үйрениўлерге бола, мәмлекетимиз аймағында 2500 ге шамалас рентген үскенеси бар екенлиги анықланған. Бирақ олардан тийисли руқсатнама рәсмийлестирмеген ҳалда пайдаланыў жағдайлары ушыраспақта.
Мәлим болыўынша, рентген үскенеси медицинада ҳеш қандай кеспей денениң ишки бөлегин көриў ушын қолланылатуғын әҳмийетли диагностика қуралы есапланып, ол ислеў процесинде өзинен ионластырыўшы нур шығарыў өзгешелигине ийе.
Руқсатнама алыў болса рентген үскенесинен пайдаланыў дәўиринде радиациялық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўи үстинен қадағалаўды орнатыў ўәкиллигин береди.
Егер де бундай қадағалаў ҳәм тәртип орнатылмаса, рентген менен тиккелей байланыста болатуғын жуўапкер хызметкерлер ҳәм наўқасларда емлениў дәўиринде пайда болыўшы зыянлы факторлар (ҳаўадағы еркин радикаллар) организмге унамсыз тәсир етеди. Бул жағдайда онкологиялық кеселликлердиң раўажланыў итималын арттырыў қәўипин келтирип шығарыўы мүмкин.
Радиация ҳәм зыянлы факторлар инсан денесиниң тоқымалары менен өз-ара тәсириниң узақ даўамлығы, кейин ала соматикалық ҳәм генетикалық бағдарда тез раўажланатуғын биохимиялық реакциялардан кеселликлердиң пайда болыўы итималын арттырады. Сондай-ақ, бул жағдайда ағзаларда ҳәм улыўма организмде қайтпайтуғын өзгерислер жүзеге келиўи мүмкин.
Усы жерде, дүнья көлеминде соңғы бес жыл даўамында онкологиялық кеселликлердиң 25 процентке артып атырғанын атап өтиў зәрүр.
Өзбекстан Республикасының «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамына муўапық рентген үскенесинен пайдаланыў ушын руқсатнама алыныўы зәрүрлиги белгиленген.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарында рентген үскенесинен пайдаланыў ушын руқсатнама алыў тәртиби көрсетип өтилген.
Жоқарыда атап өтилген нызамда руқсатнамасыз жумысты әмелге асырғаны ямаса руқсатнаманы жалған ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда алғаны ушын шөлкемлерге базалық есаплаў муғдарының 150 есесинде жарийма салыныўы көрсетип өтилген.
Әне, усы талаплардан келип шығып, Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети рентген үскенесинен пайдаланыў ушын руқсатнама алыў менен байланыслы ҳәр қандай мәселеде хуқықый ҳәм методикалық жәрдем бериўге таяр екенлигин билдиреди. Соның менен бирге, бул бағдарда нызамшылықта белгиленген тәртип бойынша жумыс алып барыўға шақырады.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА