Британия Беларусь ОСК басшысына қарсы санкция енгизди

219

Бирлескен Патшалық ҳүкиметиниң веб-сайтында жәрияланған ҳүжжетке қарағанда, Уллы Британия Беларусь Орайлық сайлаў комиссиясының басшысы Игор Карпенко ҳәм және бес адамға санкция енгизди.

-Усы мәмлекет ҳуқық системасының бир неше ўәкили де Лондон шеклеўи астында қалды, – делинген хабарда.

Атап өтилиўинше, бул адамлардың мәмлекетте инсан ҳуқықларының бузылыўына байланысы барлығы ҳаққында даўа киргизилген.

Буған жуўап ретинде, ОСК басшысы Уллы Британияны Беларусьтың ишки ислерине араласпаўына шақырып, оның соның ишинде, сайлаў процесине араласыў ҳуқықы жоқ екенин еслетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги