Өзбекстанлы футболшылар дүньяда теңсиз

Өзбекстанлы ҳүжимши Ҳусайн Норчаев Португалияның «Брага» клубына өтиўи күтилмекте.
Мәлим болыўынша, срортшы жақын күнлерде Португалияға жөнеп кетиўи ушын визаға арза тапсырады.
Медициналық тексериўден кейин рәсмий шәртнамаға қол қойыў шәртлери көрип шығылады.
Мағлыўмат ушын, Португалияда қысқы трансфер айнасы 3-февраль күни жабылады.
«Брага» ҳаққында
«Брага» клубы 1921-жылы шөлкемлестирилген. Үй ойынларын 30 мың тамашагөйге мөлшерленген «Брага» стадионында өткереди. Ҳәзирги ўақытта клубты Карлос Карвахал басқарып бармақта.
Клуб ҳәзир Португалия чемпионатында 19 ойыннан 37 упай топлап, беллесиў кестесинде 4-орында бармақта.

Сондай-ақ, және бир өзбекстанлы футболшы Умарали Раҳмоналиев Әзербайжан клубында ойнайтуғыны ҳаққында хабар берилди.
Өзбекстанлы ярым қорғаўшы У.Раҳмоналиев жыл ақырына шекем Әзербайжанның «Сабаҳ» командасында ойнайды.
«Рубин» клубы футболшыны ижараға берген.
Мағлыўмат ушын, Умарали Раҳмоналиев 2022-жылдың декабрь айында «Рубин»ге өткен ҳәм 27 ойында майданға түскен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги