Әмиўдәрья районында кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланды

107

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Әмиўдәрья районын комплексли раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылыўы тийис жумысларға арналған мәжилис өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, республика, қала ҳәм районлардың сектор басшылары ҳәм барлық мәкеме-шөлкемлердиң жуўапкерлери қатнасты.

Өткерилген мәжилисте районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти және де раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Усы жылы ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Әмиўдәрья районында социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын мәмлекетлик ҳәм басқа да бағдарламалар тийкарында жәми 86 объектке улыўма 537,4 млрд.сум қаржы ажарытылыўы режелестирилгени Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.

Мәжилисте ҳәр бир басшы өзине бириктирилген ўазыйпаға айрықша жуўапкершилик пенен қараўы кереклиги, халық ийгилиги жолындағы бул жумыслар пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығы айрықша атап өтилди.

***

Сондай-ақ, усы күнниң өзинде топырақ жолларды қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Усы жылдың өзинде райондағы жазда қум-шаң, жаўынлы күнлерде ылайы менен халықты қыйнап келген жәми 107 км топырақ жоллардың қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилгенлигин атап өтиў орынлы. Республика көлемде басшыларының қатнасыўында дәслеп «Тошқалъа» мәҳәллесинде басланған абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўға арнаўлы техникалар, мәкеме-шөлкемлердиң хызметкерлери менен бирге Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери де тартылған.

Әмиўдәрья районын ҳәр тәреплеме комплексли раўажландырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги