Онкологияға қарсы дәри быйыл дизимнен өтеди
241

Қазақстан илимпазларының онкологияға қарсы дәриси быйыл дизимнен өтеди, деп хабар бермекте КазИнформ.
Қазақстан Республикасы Бас министри О.Бектенов Ҳүкиметтиң кеңейтилген мәжилисинде бир топар илимпазлар онкологиялық аўырыўларды емлеўге арналған препарат ислеп шықты, ҳәзирги күнде клиникалық сынақлардың екинши фазасы жүргизилмекте, оны жуўмақлаў және препараты дизимге алыў усы жылдың ақырына режелестирилген, деп мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги