Тоқаев: ядролық кластерди жаратыўға кирисиў керек

«Энергияның жетиспеўшилиги артып атырған бир шараятта биринши АЭС қурылысын тезлетиў ҳәм улыўма, мәмлекетте ядролық кластерди жаратыўға кирисиў керек» – деди Президент Қасым-Жомарт Тоқаев бүгинги ҳүкиметтиң кеңейтилген мәжилисинде.
Тоқаев ҳүкиметке «Самрук – Қазына» менен биргеликте атом тараўын раўажландырыўдың узақ мүддетли режесин ислеп шығыўды тапсырды. «Ҳүкимет ҳәм парламенттен екинши атом станциясы қурылатуғын орын бойынша усынысларды күтемен», – деди Қазақстан президенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги