DeepSeek Кремний үлкесинде қәўетер оятты

172

Қытайдың DeepSeek компаниясы бийпул чат-бот ислеп шығарды, бул болса Кремнийдеги инвесторларларды қәўетерлендирди ҳәм пикирлеў бойынша өткерилген бир неше сынақларда американың ChatGPT’сынан озып кетти.

Атап өтилиўинше, Қытайдың ЖИ-жәрдемшиси «пүткил ЖИ тәмийнат шынжырының инвестиция тийкарларын жүдә ҳәлсизлендириўи мүмкин». Ол ашық кодлы DeepSeek-V3модели тийкарында ислейди. Бул модель айтылыўына қарағанда, $6 миллионнан азырақ қаржы жумсалып ислеп шығылған. Бул бәсекишилер тәрепинен усы сыяқлы қолланбаларға  жумсалған миллиардлардан бираз аз. Бирақ, бул даўа ЖИ тараўындағы басқа да қәнигелерде гүман туўдырмақта.

Бул фонда Европа Nasdaq 100 фонд биржасындағы фьючерслер 2,6 процентке, S&P 500 индекси бойынша болса 1,4 процентке азайды. Американың технология компаниясы Nvidia акциялары болса дерлик 10 процентке түсип кетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги