«Оған ўақыт керек еди» – Гвардиола Ҳусанов ҳаққында пикир билдирди
134

«Манчестер Сити» бас тренери Хосеп Гвардиола «Челси»ге қарсы ушырасыўдан кейин Абдуқодир Ҳусановтың ойыны ҳаққында пикир билдирди.
Гвардиола Ҳусанов ойнамаўы, оған ўақыт керек болғанын атап өтти.
«Ол жаңа мәмлекетке келген. Командасы менен көп сәўбетлеспей, шынығыўларсыз, талапларымызды толық билмеген ҳалда Премьер-лигада «Челси»ге қарсы ойнаў аңсат емес. Бундай жағдайда аңсат дебют ислеў қыйын. Ҳусановтың басынан кеширгенлерин ойлап көриң, биз бенен сондай жағдай болса не қылар едик?», – дейди Сити бас тренери.
Еслетип өтемиз, өзбекстанлы 20 жастағы қорғаўшы «Челси»ге (3:1) қарсы ойында голға алып келиўши қәтеге жол қойды ҳәм сары карточка алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги