Хожелиде кең көлемли абаданластырыў жумысларына старт берилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басламасы менен Хожели районын раўажландырыў ҳәм аймақларда кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыўға старт берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор баслықлары ҳәм жуўапкер хызметкерлер қатнасты.

Онда абаданластырыў жумысларын жуўапкершиликли түрде атқарыў мақсетинде жол картасы ислеп шығылды ҳәм ҳәр бир кәрхана, мәкеме, шөлкемлерге ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, бул жумысларды тез арада сапалы орынлаў ушын жәми 20 техника менен тәмийинленип, Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери жәрдемге келди. Буннан соң, нураный аталарымыздың жақсы тилеклери менен кең көлемли жумыслар баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги