Босап қалған орын ушын сайлаў өткерилди
268

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 27-декабрьдеги 104-санлы қарарына тийкарланып, 2025-жыл 26-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 62-санлы «Бозжап» сайлаў округинде босап қалған депутатлық орынға сайлаўларды өткериў белгиленген еди.
Күни кеше, яғный 26-январь күни 62-санлы «Бозжап» сайлаў округинде босап қалған орын ушын сайлаўлар болып өтти. Сайлаўшылар 1 сайлаў округинде жайласқан 12 сайлаў участкасында өзлери мүнәсип деп тапқан талабанларға даўыс берди.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги