Нурбек Сәрсенбаев Саудия Арабстаны дәрўазасына гол урды
236

Усы жылдың 3-20-апрель күнлери Саудия Арабстанында өткерилетуғын U-17 Азия кубогине таярланып атырған Өзбекстан сайланды командасы Саудия Арабстаны сайланды командасы менен жолдаслық ойынын өткерди.
Қызықлы өткен ойында сайланды командамыз ағзалары өз қарсыласларын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Әҳмийетли тәрепи сонда, Саудия Арабстаны дәрўазасына командамызға жеңис алып келген голды қарақалпақстанлы жас ҳүжимши Нурбек Сәрсенбаев урыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы