Кападзе командасы өзиниң дәслепки ойынын өткереди
202

Бүгин футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы Қатарда өтип атырған оқыў-шынығыўлары шеңберинде Иорданияға қарсы ойынға түседи.
Бул ушырасыў жәҳән чемпионатының таңлап алыў басқышындағы топар ойынларының 7-турына таярланып атырған Өзбекстан сайланды командасының жаңадан тайынланған бас тренери Тимур Кападзе ушын дәслепки ойын болып табылады.
Ушырасыў Ташкент ўақты менен саат 22:00 де «Абдуллоҳ бин Халифа» стадионында басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы