Ақтеңгениң Россиядаға табысы

220

Россияның Красноярск қаласында ҳаял-қызлар гүреси түринен Иван Ярыгин халықаралық гран при жарысы болып өтти.

Дүньяның 17 мәмлекетинен 400 ге шамалас спортшылар қатнасқан бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, сайланды команда қурамында -50 кг салмақта қатнасқан қарақалпақстанлы Ақтеңге Кеўнимжаева қола медалы ушын беллесиўде беларуслы Ксения Станкевич жеңип шығыўға миясар болды. Сондай-ақ, бул жарыста -57 кг салмақта Лайлохон Собирова да табыслы қатнасып, гүмис медальды жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы