Мектептиң қосымша жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, балалардың сапалы билим ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Атап айтқанда, Беруний районындағы 6-санлы мектептиң 480 орынлық жаңа имаратын қурыў ушын Президентимиздиң «2024 – 2026-жыллары Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 404-санлы қарары тийкарында 6,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, режедеги жумыслар толық орынланды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, жаратылып берилип атырған бундай мүмкиншиликлер сол аймақта жасайтуғын балалардың сапалы билим алыўы ушын узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги