АПЛ. Абдуқодир Ҳусанов тийкарғы қурамда майданға түскен ойында «Манчестер Сити» «Челси»ди жеңди

111

Getty Images

Футбол бойынша Англия чемпионатының 23-турынан орын алған орайлық ушырасыў, 25-январь, шемби күни болып өтти. Онда «Манчестер Сити» өз майданында «Челси» клубы менен беллести.

Ушырасыўда өзбекстанлы Абдуқодир Ҳусанов тийкарғы қурамда майданға түсти.

Ойынның 2-минутында Абдуқодир Ҳусанов дәрўазаманға топты узатыўда қәтеге жол қойды. Топ «Челси» футболшыларына түсти ҳәм клуб есапты ашты. Гол авторы – Мадуеке. 4-минутта Ҳусанов лондонлылар ҳүжимин қопаллық пенен тоқтатып қалды ҳәм сары карточка алды.

Биринши бөлимниң жуўмағында Гвардиол есапты теңлестирди. Биринши бөлим сол есапта жуўмақланды.

Екинши бөлим теңдей гүреслерде басланды. Ушырасыўдың 54-минутында Гвардиола Абдуқодир Ҳусановты алмастырыўға қарар етти. Оның орнына Стоунз майданға түсти. 68-минутта Ҳоланд есапты 2:1 ге жеткерди. «Челси» дәрўазаманы топқа шығыўда қәтеге жол қойды.

Ушырасыўдың 87-минутында Фоден есапты 3:1 ге жеткерди. Усы есап ойынның соңына шекем сақланып турды. Бул жеңистен кейин «Манчестер Сити» упайлар санын 41 ге жеткерип 4-орынға көтерилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги