Орайлық Азияда өрттен өлим көрсеткишлери

286

Бүгинги күнде өрт қәўипсизлиги ҳәр бир мәмлекет ушын әҳмийетли ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе мәселелерден бири болып қалмақта. World Health Rankings мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстанда ҳәр 100 000 адам есабына 1,70 дәрежеде өрт себепли пуқаралар қайтыс болғаны атап өтилген. 

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өрттен қайтыс болыў бойынша Тәжикстан (3,37) ең жоқары көрсеткишке ийе болып, Қырғызстан болса (1,15) ең төмен дәрежени көрсеткен.

Өртлердиң келип шығыўына аўыл аймақларында қәўипсизлик илажларының жеткиликли емеслиги, электр тармақларының гөнергени ҳәм хабардарлықтың төмен дәрежеде екени тийкарғы себеп сыпатында көрсетилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги