Мийнет дем алысында болып турған хызметкер интизамый жазаға тартылыўы мүмкин бе?

Ҳуқықый мүнәсибет
Мийнет кодексиниң 312-статьясына тийкарланып төмендегилер интизамый жазалар болып табылады. Атап айтқанда, сөгис, жәрийма ҳәм мийнет шәртнамасының бийкар етилиўи.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң Юридикалық клиникасы хызметкери И.Туев бул бойынша ҳуқықый түсиниклер берди:
- Мийнет кодексиниң 314-стаьясына тийкарланып интизамый жазаны қолланыў мүддетлери белгиленген. Интизамий жаза интизамый қылмыс анықланғанынан кейин дәрҳал, бирақ анықланған күннен баслап бир айдан кешиктирмей қолланылады, онда хызметкер ўақтынша жумысқа уқыпсыз болған ямаса дем алыста болған дәўир есапқа алынбайды.
Мийнет кодексиниң 163-статьясына тийкарланып, хызметкер шәртнамасында нәзерде тутылған дем алысларда болған дәўирлерде мийнет шәртнамасы жумыс бериўши тәрепинен бийкар етилиўи мүмкин емес.
Жуўмақлап айтқанда, мийнет нызамшылығына тийкарланып хызметкер мийнет дем алысында болған ўақытта оған сөгис ҳәм жәрийма жазаларын қолланыўға шеклеў белгиленбеген.
Бирақ, мийнет шәртнамасын бийкар етиў көринисиндеги интизамый жаза хызметкер мийнет дем алысында болған ўаққытта қолланылыўы мүмкин емес.
Г.Бобоева, ӨзА