Сенаттың үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте

Бүгин, 2025-жыл 24-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.
Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн сәўлелендирилмекте.
Жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнинде «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы, «Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамлар мақулланды.
Бүгин мәжилис даўамында додаланатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА