Аралбойы регионында медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў жойбары әмелге асырылады

167

Аралбойы регионында медициналық хызмет сапасын жақсылаў мақсетинде Германияның «KfW» банки менен биргеликте әмелге асырылатуғын жаңа жойбар Президент қарары менен тастыйықланды. Жойбар шеңберинде  медициналық мәкемелердиң инфраструктурасын раўажландырыў, заманагөй үскенелердиң сатып алыныўы ҳәм арнаўлы автотранспорт қураллары менен  тәмийинлеў сыяқлы илажлар әмелге асырылады, деп хабар береди xs.uz.

Жойбар шеңберинде медициналық мәкемелер ушын зәрүр үскенелер Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойлап әдил түрде бөлистириледи. Сондай-ақ, арнаўлы автотранспорт қураллары региондағы медициналық хызмет көрсетиў тезлигин арттырыў мақсетинде қайта бөлистириледи. Ҳәр бир тараўда жойбардың техникалық-экономикалық көрсеткишлери ҳәм қаржы структурасы Германия тәрепи менен келисилген ҳалда  режелестирилген.

Жойбарды  әмелге асырыў ушын жуўапкер уйым сыпатында Денсаўлықты сақлаў министрлиги белгиленди. Министрлик грант қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм барлық процесслерди муўапықластырыўға жуўапкер болады. Сондай-ақ, министрлик жанындағы «Сатып алыўлар орайы» мәмлекетлик мәкемеси жойбар шеңберинде шәртнамалар тийкарында жүк қабыл етиў ўазыйпасын атқарады.

Әдиллик министрлиги Өзбекстан ҳәм «KfW» банки арасында қол қойылған қарыз ҳәм грант келисимлерине юридикалық  жуўмақ бериў ўазыйпасын атқарады. Бул келисимлер арқалы ҳәр еки тәреп арасындағы қаржылай ҳәм ҳуқықый қатнасықлардың ашық-айдынлығы тәмийинленеди. Бундай бирге ислесиў жойбардың нәтийжели әмелге асыўына имканият береди.

Жойбар  шеңберинде медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў, халыққа қолайлы ҳәм тез жәрдем көрсетиў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутылған. Бул баслама  тек медициналық хызметлерди раўажландырмай, ал улыўма денсаўлықты сақлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе. Бул өзгерислер  региондағы халықтың турмыс сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги